Наўайы ўәлаятында инвестиция ҳәм бәнтлик имканиятлары үлкен

Президент Шавкат Мирзиёев 7-декабрь күни Наўайы ўәлаятында қосымша имканиятларды иске қосыў, жумыс орны ҳәм инвестицияны көбейтиў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.
Наўайы – ҳәм аймақ, ҳәм инфраструктура, ҳәм санаат имканияты жағынан үлкен ўәлаят. Соңғы жети жылда 8 миллиард доллар инвестиция киргизилип, 6 мың 500 жойбар иске қосылған. Быйыл 2 миллиард 200 миллион долларлық 577 жойбар жуўмақланбақта.
Мәмлекетимиз басшысының өткен айда ўәлаятқа сапары ўақтында экономиканы және де раўажландырыў, қосымша имканиятларды излеп табыў бойынша тапсырмалар берилген еди. Мәжилисте усы тийкарда таярланған усыныслар көрип шығылды.

Мәселен, Кармана районындағы химия технопаркине тутас жайлаў жерде жаңа санаат кәрханаларын жайластырыў мөлшерленбекте. Инфраструктура ҳәм шийки зат бар екенлиги себепли сол жерде келеси жылдың өзинде каолин, кварц, диоксид кремний, гезлеме бояўы жойбарларын баслаў мүмкин.
Қытайлы инвесторлар Хатиршы районында кварц ҳәм гранитти қазып алыў ҳәм қайта ислеў басламасын билдирген. Кенимех, Нәўбәҳәр ҳәм Ушқудық районларында жайласқан 11 пайдалы қазылма майданы да өзлестириў ушын перспективалы.

«Айдаркөл» әтирапындағы 150 гектарда мийманхана ҳәм дем алыс орынлары қурылса, 10 мыңға шекемги туристлерге хызмет көрсететуғын жойбарлар әмелге асырылады, 200 жумыс орны жаратылады. Нуратаның Сентоб, Хатыршының Лангар ҳәм Ангидон аўылларында 200 шаңарақлық мийман үйиниң шөлкемлестирилиўи жылына 600 мыңға шамалас туристлерди тартыў, 500 халықтың бәнтлигин тәмийинлеў имканиятын береди.
Елимиздеги жайлаўлардың 43 проценти Наўайы ўәлаятында, бирақ оның 5 процентинен пайдаланбақта. Соның ушын 350 мың гектар жайлаўға дрон менен климатқа сәйкес азықлық егинлери, дәрилик ҳәм дәмли шөплердиң туқымлары себиледи ҳәм ҳәм халыққа бөлип бериледи. Тамды ҳәм Үшқудық районларында ешки ҳәм қой бағыў раўажландырылады.
Сондай-ақ, Тамды ҳәм Нурата районларын қурылыс материаллары, шарўашылық ҳәм туризмге, Хатыршыны тоқымашылық ҳәм мийўе-овощ жетистириўге қәнигелестириў ушын барлық шараят бар. Атап айтқанда, Хатыршыда гени өзгермеген ҳәм органикалық өним сертификатын беретуғын заманагөй лаборатория шөлкемлестирилмекте. Бул районда 500 гектар, Нәўбәҳәрде 200 гектар қыр жерлерде интенсив бағ ҳәм жүзим атызлары жаратылады.

Атызлар ҳәм мәҳәллелерде базарда өтимли өнимлер жетистириў хошаметленеди. Соның ишинде, Италиядан айғабағар туқымын алып келип, тәкирарый егин сыпатында 10 мың гектарға егиўди усыныс етпекте. Нәтийжеде 5 мың халық қосымша дәраматқа ийе болады, ислеп шығарылатуғын айғабағар майы ўәлаят халқының жыллық талабын қаплайды. Пахта жетистириўде де аймақ топырағына сәйкес, суўсызлыққа шыдамлы Қытайдың ғаўаша сортларын егиў кеңейтиледи.
Усы жылдың өткен дәўиринде ўәлаятта 111 мың халық жумысқа жайластырылған. 2025-жылы 140 мың халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, 10 мың шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў мақсет етилген.
Мәжилисте Наўайы ўәлаяты ҳәкими усындай ресурсларды иске қосыў, 2025-жылы тармақ кәрханаларынан тысқары 2 миллиард доллар инвестиция тартыў, 320 миллион доллар экспортты тәмийинлеў бойынша режелерин таныстырды.
Бирақ олар ўәлаят имканияты дәрежесинде емес екенлиги себепли режелерди қайта көрип шығыў тапсырылды.
Жаңа жойбарларды көбирек Кенимех, Нурата, Хатыршы ҳәм Тамды районларында жайластырыў ўазыйпасы белгиленди. Экономикалық имканиятлары кең, соның менен бирге, халқы салыстырмалы көп болмаған Наўайы ўәлаятын жумыссызлықтан жырақ аймаққа айландырыў мүмкин екенлиги атап өтилди.
ӨзА