10 боксшимиз Азия чемпионаты финалында

8-декабрь күни Таиландтың Чиангмай қаласында бокс бойынша үлкенлер арасында даўам етип атырған Азия чемпионатының ярым финал беллесиўлери өткерилди.
Итибарлы тәрепи, финал жолламасы ушын болған күшли беллесиўлерде рингке көтерилген 10 боксшимиз жеңиске еристи.
-48 кг. салмақ категориясында елимиз атынан шығып атырған Шодиёржон Мелиқўзиев ярым финалда филиппинли Жай Брян Барикуатроны 5:0 есабында жеңди.
Сондай-ақ, -51 кг.да Асилбек Жалилов — Пасинду Годакандалаге (Шри-Ланка)ни, -54 кг.да Шаҳзод Музаффаров — Елмир Набиев (Украина)ти, -57 кг.да Миразизбек Мирзаҳалилов — Иан Кларк Баутиста (Филиппин)ны, -63,5 кг.да Адҳамжон Муҳиддинов — Марк Ашлей Фажардо (Филиппин)ны, -67 кг.да Мужибилло Турсунов — Бунжонг Синсири (Таиланд)ди, -71 кг.да Ҳавасбек Асадуллаев — Бямба-Эрдене Отгонбаатар (Монголия)ны, -75 кг.да Жавоҳир Умматалиев — Ченг-Эн Лиу (Қытай Тайпейи)ди, -80 кг.да Тўрабек Ҳабибуллаев — Ерассил Жакпеков (Қазақстан)ти, -86 кг.да Жасурбек Йўлдошев — Аҳмаджон Саидов (Тәжикстан)ты жеңди.

Жаҳонгир Зокиров Азия чемпионатын қола медалы менен жуўмақлайтуғын болды. Боксшимиз +92 кг. салмақта қазақстанлы Айбек Оралбайға имканиятты қолдан берип қойды.
Ярым финалдағы ең қызықлы беллесиўлерден бири 63,5 кг. салмақ категориясында болды. Жерлесимиз Адҳамжон Муҳиддинов филиппинли Марк Ашлей Фажардоға қарсы беллесиўде еки мәрте нокдаун жағдайына түскен болса-да, соңында 3:2 есабында жеңиске еристи.
Сондай-ақ, -75 килограммда алтын медальға даўагерлик етип атырған Жавоҳир Умматалиев ҳәм Қытай Тайпейи ўәкили Ченг-Эн Лиу қарама-қарсылығы да қызықлы болып өтти. Жерлесимиз қарсыласын нокдаун есабынан жеңгени көпшиликтиң итибарын тартты.
Еслетип өтемиз, Азия чемпионатының финал беллесиўлери 11-декабрь күни болып өтеди.
Т.Рўзиев, ӨзА