Әйне пайытта Қарақалпақстан медицина институт ректоры О.Атаниязова басшылығындағы делегация Түркияның Стамбул қаласындағы Медицина илимлери университетинде сапарда болмақта.
Бүгин делегация ағзалары университет ректоры, профессор Кемалеттин Айдин менен ушырасты.
Ушырасыў барысында заманагөй оқыў методикасы, заманагөй медицина талаплары сыяқлы кең көлемли мǝселелер талқыланды. Атап айтқанда, Түркия жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшыларының ҚМИ клиникасына турақлы түрде келип, жоқары технологиялық операцияларды ǝмелге асырыўына айрықша итибар қаратылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги