Конституция – еркин ҳәм абадан турмысымыз кепили

263


Халқымыздың еркин ҳәм абадан турмысының тийкары болған Конституциямыз елимизде адамлардың мүнәсип өмир кешириўин, миллетлер аралық ҳәм конфессиялар аралық татыўлықты, көп миллетли Өзбекстанның және де гүллеп-раўажланыўын тәмийинлеў ушын хызмет етип келмекте.


8-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 32 жыллық сәнесине бағышланған байрам салтанаты болып өтти.
Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Салтанатлы мәресимде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн мүнәсибети менен қызғын қутлықлап, кең түрде баянат жасады.
Баянаттта атап өтилгениндей, быйылғы байрам Президентимиздиң арнаўлы  бийлиги менен «Конституция – еркин ҳәм абадан турмысымыз кепили!» -деген тийкарғы идея астында мәмлекетимиздиң барлық аймақлары ҳәм орынларында кең түрде белгиленбекте.
Елимиздиң Бас нызамы тийкарында халқымыз мәмлекетимиздиң раўажланыўы жолында хызмет етиў менен бирге, бахытлы ҳәм абадан келешекке қарай исенимли қәдем тасламақта.
-Жақында болып өткен Парламент ҳәм жергиликли Кеңеслерге сайлаўларда халқымыздың белсендилик пенен қатнасқанын, оларда ертеңги күнге болған жуўапкершилик сезиминиң күшейгенлигин айрықша атап өтиўимиз мүмкин,-деди  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев өзиниң шығып сөйлеўинде.-Бас нызамымыз болған Конституция жаратып берген имканиятлар негизинде халқымыз ертеңги абадан турмыс жолында бир қатар табысларға, экономикамыздың барлық тараўларында унамлы нәтийжелерге ериспекте.
Ҳақыйқатында да, өткен қысқа мүддет ишинде Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев тәрепинен тек ғана Қарақалпақстан ушын 15 тарийхый Пәрман ҳәм Қарарлардың қабыл етилгени халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў ҳәм барлық тараўларды раўажландырыўға ҳуқықый негиз жаратпақта.
Өткерилген байрам салтанатында Конституциямызда белгиленген усындай ҳуқықый нормалар тийкарында республикамызда алып барылып атырған әне, усындай кең көлемли реформалар мақтаныш пенен атап өтилди.
Салтанатлы мәресимде өз кәсибине болған садықлығы ҳәм пидайылығы менен көзге түсип, елимиздиң гүллеп-раўажланыўы жолында аянбастан мийнет етип киятырған бир қатар тараў хызметкерлерине, аймақларда өзиниң үлгили иси менен халқымызға өрнек болып киятырған көше бийлерине «Ең үлгили көше бийлери» таңлаўының сыйлықлары, сондай-ақ, Президентимиздиң басшылығында жүргизилип атырған кең көлемли реформалар, өзгерис ҳәм жаңаланыўларды үгит-нәсиятлаў, ийгиликли ислерди кең жәмийетшиликке жеткериўде қосқан үлеси ушын Қарақалпақстан телерадиокомпаниясының бир топар хызметкерлерине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы қарары менен ҳүрметли атақлар, көкирек белгилери, жумыс ушын зәрүр болған  жаңа автомобиль ҳәм арнаўлы техникалар тапсырылды.

-Байрам мүнәсибети менен 17 жыл даўамында телевидениеде ислеген азы-кем мийнетим баҳаланып, «Ўатан пидайысы» көкирек белгиси менен сыйлықланып атырман,-дейди республикамызға белгили тележурналистлердиң бири Улбоған Еримбетова.-Бундай жоқары ҳүрмет ҳәм итибар ушын республикамыз басшыларына өзимниң терең миннетдаршылығымды билдиремен. Алдағы ўақытлары да халқымыз кеўлинен шығатуғын көрсетиўлер таярлаўға ҳәрекет етемен.


Салтанатлы мәресим республикамызға белгили көркем өнер шеберлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги