Президент Бостанлық районында шөлкемлестирилип атырған жаңа туризм орайында болды.
Бул жерде зәрүр инфраструктура жаратылып, капсула түриндеги жайлардан ибарат заманагөй дем алыў орны қурылмақта. Сондай-ақ, бул жерде ресторанлар, дар жоллары ҳәм шаңғы ушыў майданлары болады.
Айналы капсула жайлардың өзине тән тәрепи, олар жеңил, көшпели, кем қәрежетли. Үлкен қурылыс исленбейтуғынлығы себепли тәбиятқа да зыян жеткермейди.
Мәмлекетимиз басшысы бундай жайларды Бахмал, Шаҳрисабз, Байсын сыяқлы басқа туризм орынларында да орнатыў туристлердиң итибарын тартатуғынын атап өтти.
ӨзА