Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги баспасөз хызметиниң мағлаўматына бола, 2024-жыл 6-декабрь күни Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министриниң орынбасары Олимжон Абдуллаев Чехия Республикасының мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм Толық ҳуқықлы Елшиси Либомин менен ушырасты.

Сөйлесиў даўамында еки мәмлекет арасында дослық қатнасықларын беккемлеў мәселелери, сиясий ҳәм экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары додаланды. Еки тәреплеме саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиў, түрли тараўлардағы жойбарларды биргеликте әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, мийнет миграциясы тараўындағы бирге ислесиў перспективалары, еки мәмлекет арасындағы мәдений-гуманитарлық ҳәм туризм алмасыўын раўажландырыў бойынша пикир алысылды.

Буннан тысқары, тәреплер жақын перспективада өткерилиўи режелестирилген еки тәреплеме илажларға таярлық көриўдиң барысын додалады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги