Бундай тәртип тек ғана мектеп муғаллимлерине емес, ал мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде жумыс ислеп атырған педагог ҳәм тәрбияшыларға да қолланылады.

Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм Олий Мажлистиң Бала ҳуқықлары бойынша ўәкили (Балалар омбудсманы)ниң билимлендириў шөлкемлеринде балаларға зорлық жағдайларына жол қойған педагог ҳәм тәрбияшылардың келешекте балалар менен ислесиўи бойынша жумысын даўам еттириў ушын белгили бир шеклеўлерди, қосымша талапларды нәзерде тутыў ҳаққындағы усынысы мақулланды.

Бул ҳаққында Президенттиң 2024-жыл 2- декабрьдеги «Балалар мәселелери бойынша комиссиялар жумысының нәтийжелилигин  арттырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-201-санлы Пәрманында нәзерде тутылған.

Пәрманға бола, Әдиллик министрлиги Олий Мажлистиң Бала ҳуқықлары бойынша ўәкили (Балалар омбудсманы), Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги ҳәм Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте усы қағыйданы нәзерде тутыўшы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын ислеп шығады ҳәм белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизеди.

Пәрман Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги Жоқары билимлендириў илим ҳәм инновациялар министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте педагоглрардың тәрбияланыўшылар, оқыўшы ҳәм студент-жаслар менен өз-ара байланысларын тәртипке салыўшы барлық ҳүжжетлерди заманагөй талаплар тийкарында, соның ишинде, балаларға зорлықтың алдын алыў бойынша тәсиршең механизмлерди нәзерде тутқан ҳалда толық қайта көрип шығады.

Ҳәзирше балаларға зорлық жағдайларына жол қойған педагог ҳәм тәрбияшылардың билимлендириў мәкемесинде жумысын даўам еттириўи ушын қандай шеклеўлер енгизилетуғыны белгисиз.

Жаңадан ислеп шығылатуғын тәртипте зорлық жағдайларына жол қойған педагоглардың билимлендириў шөлкеминде жумыс ислеў ҳуқықына емес, ал басқа да ҳуқықларына шек қойылыўы мүмкин. Бул ҳаққында тийисли ҳүжжет жойбары ислеп шығылғанда билип алыў мүмкин болады, -деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.

 

                                                                      Қарақалпақстан хабар агентлиги