ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 32 жыллығы мүнәсибети менен Нөкис қаласындағы 2-санлы қәнигелестирилген мектеп-интернатта дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов ҳәм басқалар қатнасыўшыларды байрам менен қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.
Илажда соңғы жылларда экономикалық, социаллық, мәдений ҳәм басқа да тараўларда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, ерисилип атырған нәтийжелерди беккемлеўде Жаңа редакциядағы Конституцияның орны ҳәм роли ҳаққында мағлыўматлар берилди.
«Конституция – еркин ҳәм абадан турмыс гиреўи!” деген турмыслық сүренниң мәниси ҳәм әҳмийети, Жаңа редакциядағы Конституция тийкарында инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўда улыўма жаңа басқышқа өтилгени атап өтилди.
Конституцияға киргизилген концептуальлық өзгерислердиң пуқараларымыздың абаданлығын тәмийинлеўдеги әҳмийети артты. Мәселен, халықтың кепилликли бийпул медициналық хызметлерден пайдаланыўы, халықтың саламатлығын сақлаў менен байланыслы нормалар 4 есеге көбейди. Бул нәрсе халықтың денсаўлығын исенимли қорғаўда, ана ҳәм балалар өлими, жуқпалы кеселликлерди сапластырыўда жүдә зәрүрли әҳмийетке ийе болып есапланады.
Ушырасыў даўамында жаслардың Конституцияға тийисли билимлери де сынақтан өткерилди ҳәм ең белсене қатнасқан жасларға естелик саўғалары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги