8-декабрь-Өзбекстан Республикасы Конституциясының 32 жыллық байрамына бағышланып, пайтахтымызда жайласқан Қарақалпақстан Республикасы юридика техникумында руўхый-ағартыўшылық илаж болып өтти.

Илажға депутатлар, суд ҳәм ҳуқық қорғаў уйымы ўәкиллери, оқыў орны оқытыўшылары ҳәм оқыўшылары қатнасты.

Илажды техникум директорының орынбасары Марат Шарибаев ашты ҳәм басқарып барды.

Кешеде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Алимбай Атабаев, Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети ағзасы Елизавета Қутыбаева, Әдиллик министриниң биринши орынбасары Амангелди Пренов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, илаж қатансыўшыларын байрам менен қызғын қутлықлады.

Илажда баянатшылар тәрепинен жаңаланған Конституциямыздың халқымыз турмысында тутқан орны, әҳмийети ҳәм атқарып атырған хызметлери ҳаққында кең түрде түсиник берилип, Бас нызамымызға киргизилген өзгерислер пуқараларымыздың бахытлы турмыс кешириўине хызмет етип атырғанлығына айрықша тоқтап өтилди.

Илажда техникум ҳәкимшилиги тәрепинен оқыўшылар арасында Өзбекстан Республикасы Конституциясының 32 жыллық байрамы ҳәм 9-декабрь-халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күнине арналып викторина, шығармалар жазыў ҳәм сүўретлер салыў бойынша өткерилген таңлаўлардың  жеңимпазларына дипломлар тапсырылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы