Жасыл қайырқомлық қорын шөлкемлестириў 30-ноябрьдеги ҳүкиметтиң тийисли қарары менен тастыйықланды. Ҳүжжет пенен, бул қайырқомлық қоры юридикалық шахс статусына ийе болмаған ҳалда Экология министрлиги жанында шөлкемлестириледи.
2025-жылдың 1-мартынан баслап физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен ықтыярлы түрде қайырқомлық төлемлерин «Жасыл дүнья» ҳәм «Жасыл төлем» электрон платформалары арқалы әмелге асырыў имканияты жаратылады;
Қаржылар қорда сақланып, «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде халық буйыртпалары тийкарында терек егиў ҳәм мәмлекетте экологиялық жағдайды жақсылаў жумысларына қаратылады.
Сондай-ақ, жойбар шеңберинде терек ҳәм пута нәллерин сатып алыў, жер майданларын таярлаў, суўғарыў системасын енгизиў ҳәм жойбар-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыў қаржыландырылады.
Буннан тысқары, қор қаржылары пуқаралар, мақсетли қорлардың қәўендерлик қайырқомлықлары, «Жасыл төлем» үстемелери, халықаралық қаржы институтлары ҳәм донор шөлкемлердиң грантлары ҳәм басқалар есабынан қәлиплестириледи.
Экология министрлигине еки ай ишинде Санлы технологиялар министрлиги менен усы платформаларды ислеп шығыў ҳәм иске түсириў тапсырылды, -деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги