Өзбекстанда арнаўлы экономикалық зоналардың жумысын басқарыў системасында әҳмийетли өзгерислер әмелге асырылады. Президент тәрепинен қол қойылған жаңа Нызам (ӨРҚ-1010-санлы, 2024-жыл 5-декабрь) «Арнаўлы экономикалық зоналар ҳаққында»ғы  Нызамға бир қатар өзгерислер ҳәм қосымшалар  киргизиўди нәзерде тутпақта. Бул нызам арнаўлы экономикалық зоналардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм инвесторлар ушын қолайлықлар жаратыўға қаратылған.

Жаңа нызамға тийкарланып, арнаўлы экономикалық зоналардың ҳәкимшилик кеңеслери сапластырылады. Бул кеңеслердиң ўазыйпалары енди арнаўлы экономикалық зоналар дирекциялары тәрепинен орынланады. Бул өзгерис экономикалық зоналарды басқарыў процесин әпиўайылыстырып,  мәселелерди шешиўде ўақытты  унемлеўге етеди. Соның менен бирге, инвесторлар ушын бюрокртиялық процесслердиң азайыўы күтилмекте.

Нызамға муўапық, арнаўлы экономикалық зоналар аймағында инвестиция жойбарларын жайластырыў бойынша қарарлар қабыл етиў мүддетлери оптималластырылады. Буннан тысқары, инвестиция жойбарларының бизнес-режелери  ямаса техникалық-экономикалық тийкарларына  экспертиза жуўмақларын алыў талабы бийкар етиледи. Енди арнаўлы экономикалық зоналар дирекциялары инвестиция жойбарларының белгиленген талапларға муўапықлығы ҳаққында еркин түрде қарар қабыл етеди. Бул инвесторлар ушын мәселелерди жедел ҳәм аңсат шешиў имканиятын береди.

Жаңа нызамның және бир әҳмийетли тәрепи сонда, ол инвестиция процесслерин және де еркинлестириўди нәзерде тутады. Жойбарларды  муўапықластырыўдағы артықша талаплардың бийкар етилиўи инвесторлардың өндирислик жумысты тез баслаўын тәмийинлейди. Сондай-ақ, зоналардың инвестициялық тартымлығының артыўы ҳәм экономикалық белсендилик күшейтилетуғыны күтилмекте.

Бул нызам өзгерислери Өзбекстанда аранўлы экономикалық зоналардың жумысын жетилистириў ҳәм инвестиция орталығын жақсылаўға  қаратылған әҳмийетли қәдем болып есапланады. Экономикалық зоналарды басқарыўды орайласқан тәртипке өткерилиўи нәтийжели бөлистириў ҳәм қарарларды  тез қабыл етиў имканиятын береди. Соның менен бирге, бул инвестицияларды тартыўға унамлы тәсир көрсетиўи анық.

Қарақалпақстан хабар агентлиги