Ипотека кредитлери бойынша субсидиялар ажыратыў, бул процесслердиң ашық-айдынлығын тәмийинлеў, тараўды санластырыў бағдарында системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

2023-жылы коммерциялық банклерге 31 мың шаңараққа турақ жай ипотекасы ушын 9 триллион сумлық ресурс қаратылып, дәслепки төлем ҳәм процентлерди қаплаўға 1,6 триллион сум субсидия ажыратылған.

Созылмалы кеселликтиң аўыр түрлеринен қыйналып атырған ҳәм өз алдына ханада жасаўға мүтәж болған пуқаралардың субсидия алыўы менен байланыслы процесслерде Денсаўлықты сақлаў министрлигине де бир қатар ўазыйпалар жүкленген.

«Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги, «Регионаллық қарым-қатнас» халықаралық мәмлекетлик емес шөлкеми, сондай-ақ, басқа шөлкемлер ҳәм экспертлер биргеликте «Ипотека кредити бойынша мәмлекетлик субсидияларды бериўдеги инсапсызлық қәўип-қәтерлерин баҳалаў» бойынша өткерилген изертлеў нәтийжесинде әмелге асырылған жумыслар менен бир қатарда тараўда еле өз шешимин күтип атырған мәселелердиң бар екенлиги белгили болды.

– Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 25-марттағы 182-қарарында созылмалы кеселликтиң аўыр түрлеринен азап көрип атырған ҳәм өз алдына ханада жасаўға мүтәж болған пуқаралар дизимин ислеп шығыў, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет пенен тастыйықлаў ҳәм жәмийетшиликке жәриялаў белгиленген,-деди Сенаттың Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң баслығы Абдулҳаким Эшмуродов. – Бирақ бул дизимди ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў жумыслары жуўмақланбаған. Аймақлық медицина мәкемелерине наўқаслардың созылмалы кеселликлери ҳаққындағы мағлыўматларды электрон түрде бақлап барыў ҳәм мағлыўматларды жаңалаў имканиятын жаратыў керек болса да, наўқаслардың кеселлик тарийхын санластырыўға жетерли итибар қаратылмаған. Бул жағдайлар пуқаралардың ҳақылы түрде наразылықларына, соның ишинде, аўыр созылмалы кеселликке шатылған пуқаралардың субсидия алыў менен байланыслы машқалаларға ушырасыўына ҳәм мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерге мүрәжатлериниң көбейиўине себеп болмақта. Сенатқа 2024-жылдың 10 айы даўамында турақ жай мәселесинде 1 мың 137 мүрәжат келип түскени соннан дәрек береди.

Бул бағдардағы машқалаларды сапластырыўға қаратылған зәрүр илажлар ҳаққында Сенаттың Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети тәрепинен Денсаўлықты сақлаў министрлигине сенатор сораўы жиберилди. Денсаўлықты сақлаў министрлиги көтерилген мәселелер бойынша өз режелери ҳаққында усы жылдың 17-декабрине шекем тийкарланған түсиниклер бериўи керек.

Н.Абдураимова, ӨзА