Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң тийисли қарары менен Музаффар Муротович Камилов Өзбекстан халықаралық ислам академиясы ректоры лаўазымына тайынланды.

Ғафуров Уйғун Тўлқинович басқа жумысқа өтиўи мүнәсибети менен Өзбекстан халықаралық ислам академиясы ректоры лаўазымынан босатылды.

Музаффар Комилов басқа жумысқа өтиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң дин ҳәм миллетлераралық байланыслар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси лаўазымынан босатылғанын еслетип өтемиз,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги