1992-жылдың 8-декабрь сәнесинде  қабылланған Өзбекстан Республикасы Конституциясы мәмлекетимиздиң ўәкилликке ийе ўәкиллери болған парламент ағзалары Өзбекстан Республикасы Олий Кенгаши депутатлары тәрепинен қабыл етилген еди. Ал, жаңа Конституциямыз болса, 2023-жылдың 30-апрель күни өткерилген улыўмахалықлық референдум тийкарында қабылланды.

Усы жағынан алып қарағанда, жаңа редакциядағы Өзбекстан Конституциясының ҳақыйқый авторы халықтың өзи болып табылады ҳәм оны ҳақыйқый халықшыл Конституция десек асыра айтқан болмаймыз.

Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалында Өзбекстан Республикасы Конституциясының 32 жыллық сәнесине бағышланып, байрам илажы болып өтти.

Илажға депутатлар, суд ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, профессор-оқытыўшылар менен студент-жаслар қатнасты.

Мәмлекетлик гимн менен басланған салтанатлы илажды филиал директоры Байрам Еримбетов ашты ҳәм илаж қатнасыўшыларын байрам менен қызғын қутлықлады.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты У. Жалменов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри Э. Турсунов, Қарақалпақстан Республикасы прокурорының орынбасары Ш. Мухаматовлар шығып сөйлеп, жаңаланған Конституциядаға өзгерис ҳәм жаңаланыўларды мақтаныш пенен тилге алды. Әсиресе, Бас нызамызда жас әўладларымыздың жасаўы, оқып билим алыўы ушын көрсетилген жеңилликлер бойынша студент-жасларға кеңнен түсиниклер берилди.


 

Кешеде студент-жаслар тәрепинен баянатшыларға жаңа Конституция бойынша сораўлар берилип, оларға тийисли жуўаплар алды.

Илажда студентлерге Өзбекстан Республикасы Конституциясының  китаплары саўға етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги