Хабарыңыз бар, Нызамшылық палатасында келеси жыл ушын Мәмлекетлик бюджет мәселесин ҳәр тәреплеме додалаў даўам етип келмекте.

Екинши оқыўда көрип шығылып атырған «2025-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы нызам жойбарына бола айырым тийкарлы усыныслар бюджет ҳәм салық системаларын жетилистириў процесинде инабатқа алынатуғын болды. Депутатлар билдирген пикир усынысларды есапқа алған ҳалда нызам жойбарына бир қанша концептуаллық әҳмийетке ийе болған өзгерислер киргизилмекте.

Додалаўларға бай болған мәжилисте социаллық тараў ҳәм экономика тармақлары бойынша депутатлар тәрепинен көтерилген мәселелерге Ҳүкимет тәрепинен дүзилген жумысшы топар ҳәм тийисли министрлик ҳәм уйымлардың жуўапкер хызметкерлери тәрепинен анықлық киргизилди.

Усыныс етилип атырған нызам жойбарында бюджет дефицитлиги шекленген муғдарының артып кетиўине жол қоймаў, Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары есабынан қосымша қәрежетлерди әмелге асырыўда нызам талапларына қатаң әмел етиў, мәмлекеттиң сыртқы қарызының ҳәм  мәмлекеттиң шәртли миннетлемелери бойынша жойбарда белгиленген шектен артып кетпеўи бойынша ҳүкиметтиң өз жуўапкершилигине алып атырған миннетлемелери депутатлар тәрепинен қоллап-қуўатланды.

Мәжилисте нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилди ҳәм Сенатқа жиберилди.

 ӨзА