Президент тәрепинен қол қойылған Нызам менен Жынаят-процессуаллық кодексине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилди.
Нызам менен кодекс сырт мәмлекет судының қарары тән алыныўы ҳәм орынлаўға қаратылыўын, еркинен айырылған шахсты жазаны өтеўди даўам еттириў ушын, сондай-ақ өзине тән медицина бағдарындағы мәжбүрлеў шарасы қолланылған шахсты мәжбүрий емлеўди даўам еттириў ушын, қабыллап алыўды ҳәм сырт мәмлекетке бериўди нәзерде тутыўшы жаңа бап пенен толықтырылмақта.
Сондай-ақ, еркинен айырылған шахсларды ҳәм өзине медицина бағдарындағы мәжбүрлеў шаралары қолланылған шахсларды қабыллап алыў ҳәм бериў тийкарлары, суд процеси қатнасыўшыларының процессуаллық статусы белгиленбекте.
Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
ӨзА