Елимизде басқа тараўлар қатарында жол қурылысы тараўында да кең көлемли реформалар алып барылмақта. Әмелге асырылып атырған ўазыйпалар қатарында ишки хожалық автомобиль жолларын жаңадан қурыў ҳәм қайта оңлаў бойынша жумыслар итибарға ылайық.
– Соңғы жыллары «Басламалы бюджет» жойбары тийкарында да усы бағдардағы жумыслар кең көлемде орынланып атыр. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасында «Басламалы бюджет» жойбарының биринши мәўсиминде 38 объектте 73.6 км узынлықтағы автомобиль жолларына қара қапламалы асфальт төсеў жумыслары әмелге асырылды. Бул жумыслар жоба бойынша бүгинги күнде жүз процент орынланды. «Басламалы бюджет» жойбарының екинши мәўсиминде 29 объектте 56 км узынлықтағы ишки хожалық автомобиль жолларына қара қапламалы асфальт төсеў жумыслары жеңимпаз деп табылып, бүгинги күнде қурылыс жумыслары баслап жиберилген.
Басламалы бюджет жойбарының 2024-жыл екинши мәўсиминде Әмиўдәрья районы «Қараман» АПЖ аймағына алып барыўшы 4K45 “4R181 автомобиль жолынан (34 км) «Түркменстан» ДФХ -И.Уразбаев ДФХ» автомобиль жолының 9-10.5 км аралығында 1 км 310 метр бөлегин асфальтлаў бойынша берилген усыныслары көп даўыс топлап , жеңимпаз деп табылған еди. Бүгинги күнде усы автомобиль жолына «Шаббоз Тош» ЖШЖ тәрепинен асфальт төсеў жумыслары әмелге асырылмақта. Бул жумысларға 6 арнаўлы техника ҳәм жумысшылар тартылған,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасының баспасөз хаткери Дилшад Жумамуратов.
Қарақалпақстан хабар агентлиги