«Медицина мәкемелерин фармацевтика өнимлери ҳәм медициналық үскенелер менен тәмийинлеў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, 2025-жыл 1-январьдан баслап белгиленген тәртип ҳәм дизимге тийкарланып  төмендеги дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық буйымлардың мәмлекетлик сатып алыныўын тиккелей шәртнамалар тийкарында әмелге асырыўға руқсат етиледи:

-оригинал дәри-дәрмақлар (олардың ислеп шығарыўшысы ямаса рәсмий  жеткерип бериўшиси арқалы);

– жабық  түрдеги лаборатория үскенеси ушын арнаўлы реагент, реактив ҳәм жумсаў қураллары;

– қыстаўлы ҳәм тез жәрдем көрсетиў ушын зәрүр дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық буйымлар.

«O’zmedimpeks» ҳәм «Медицина техникаларына хызмет көрсетиў оқыў-өндирислик орайы» мәмлекетлик мәкемелер негизинде Денсаўлықты сақлаў министрлиги  жанында мәмлекетлик мәкеме түринде Сатып алыўлар орайы ҳәм Орайдың  13 аймақлық филиалы шөлкемлестириледи.

Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти денсаўлықты сақлаў системасында  дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық буйымларды сатып алыўдың нызамлылығын ҳәм мақсетлилигин тәмийинлеў, олардың мәнзилли жеткерилиўи үстинен қатаң қадағалаў орнатады.

ӨзА