Соңғы жылларда Мойнақ районындағы «Қаражар» аўылы турғынлары тазаланған ишимлик суўы, түнги жақтыландырыў үскенелери, пиядалар жолы менен тәмийинленип, аймақтағы билимлендириў мәкемесинде оңлаў жумыслары әмелге асырылған еди. Быйылғы жыл да қаражаршылар турмысында унамлы ўақыяның жүз бериўи менен жуўмақланбақта.

«Қаражар»  аўылы Мойнақ районы орайына 37, Бозатаў АПЖ («Қаражар»  аўылы жайласқан мәҳәлле) орайына 19, үлкен трасса жолына шекем 16 километрлик аралықта жайласқан.

Ойлы-бәлент, жазы орпаң топырақ, қысы қара батпақтан ибарат жоллардан үлкен трасса жолға шығаман дегенше саатлап ўақыт жойтыўға туўра келетуғын еди. «Қаражар» аўылына туңғыш қум-шағыл тас араласпалы жолдың төселиўи  менен аўылға кирип-шығыў аңсатласты.

– Мен бул жерге 1982-жылы көшип келдим. Оннан алдын да, кейин де, усы күнге шекем аўыл турғынлары жол мәселесинде қатты қыйналып келген еди. Орпаң топырақлы, соқпақ жоллардан пайдаланып келдик. Бала-шағамыз жумысқа, мектепке барғанында, әсиресе, наўқасланып қалғанында ямаса келинлердиң жас босаныўына туўра келгенинде жолаўшы машын излеп, табылмаса трактор менен үлкен жолға «тез жәрдем»ге яки орайға баратуғын едик. Президентимиздиң аўыл менен қаланы теңлестириў бойынша әмелге асырып атырған илажлары шеңберинде аўылымызға жол салыныўы, аймақ турғынларын шексиз қуўанышқа бөлемекте. Өзимниң мысалында айтатуғын болсам, кеше үлкен асфальт жолға 17 минутта шықтым. Алдын бир-бир ярым саатта қыйналып жететуғын едим. Аўылымызда әмелге асырылып атырған абаданластырыў жумыслары ушын Президентимизден, район басшыларынан миннетдармыз,-дейди аўыл турғыны А.Таўмуратов.

Аўыл халқы да бундай дыққат-итибар ушын Президентимизге  миннетдаршылық билдиреди. Енди жолаўшыға бурын аңсатлық пенен жете алмайтуғын «Қаражар» аўылы жақынласып, аўылға тез жетип алыў имканияты жаратылды.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.