Пиротехникалық қураллар жәмийетимиз ушын үлкен қәўип. Оның пуқараларға, әсиресе, оннан пайдаланатуғын жас балаларға зыянлы екени туўралы үгит-нәсият илажлары алып барылып атырғанлығына қарамастан, тез мол дәрамат табыўды қәлеўши, ақыбетлерин ойламайтуғын айырым шахслардың елеге шекем усындай затлардың нызамсыз саўдасы менен шуғылланыўға урынып атырғанлығы ашынарлы жағдай.
Бундай жағдайлар ҳәр жылы Жаңа жыл байрамы алдынан жийи ушырасады.
Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы хызметкерлери тәрепинен басқа ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте өткерилген оператив илажда жәми 91 пиротехникалық (салют) қуралларды сатыў мақсетинде сақлап қойған пуқара анықланды. Яғный, басқарманың Контрабандаға қарсы гүресиў бөлими хызметкерлери тәрепинен МҚХ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, ИИМ, Миллий гвардия хызметкерлери менен биргеликте Нөкис қаласында өткерилген оператив илаж даўамында пиротехника қуралларының нызамға қарсы айланыста болыўына шек қойылды.
Өзине тийисли автотранспорт жәрдеминде ҳәрекетленип киятырған, алдынан бақлаўға алынған шахстың транспорт қуралының салонында 8 пиротехникалық қуралды сақлап жүргени анықланды.
Оператив илаж даўам еттирилип, пуқараның Тақыятас районындағы жасаў жайы белгиленген тәртипте тексерилгенинде, оның турақ жайы усындай затларды сақлаўшы орын ретинде пайдаланылып киятырғанлығы анықланды. Бул жерде кейинирек сатыў мақсетинде 83 пиротехникалық (салют) қурал нызамға қарсы түрде сақланып турған екен.
Айырым шахслардың режесине бола Жаңа жыл байрамында атылыўы керек болған жәми 91 пиротехникалық қурал айғақлы зат ретинде ўақтынша сақлаўға алынды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги