Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсәләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов 5-декабрь күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўде Өзбекстан – Түркменстан стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелерин ҳәр тәреплеме додалады.

Түркмен халқының миллий жетекшиси мәмлекетимиз басшысына Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳмедовтың сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Бурын ерисилген келисимлердиң орынланыў барысы ҳәм болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўларға таярлық мәселелери тәреплердиң дыққат орайында болды.

Өз-ара қарым-қатнас ҳәм алмасыўлар сезилерли жеделлескени айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өткен айда Түркменстанда Аймақлар форумы, санаат көргизбеси ҳәм Өзбекстан мәденияты күнлери табыслы өткерилди. Буннан тысқары, Ашхабад қаласында белгили ойшыл ҳәм шайыр Мақтымқулы Пырағый шығармаларының өзбек тилиндеги топламының презентациясы ҳәм оған бағышлап биргеликте түсирилген көркем фильм презентациясы болып өтти.

Жылдың басынан берли товар алмасыў көлеми 1 миллиард доллардан асты. Жүк тасыўлар, соның ишинде, Түркменбасы порты арқалы көбеймекте. «Шават-Ташаўыз» шегараалды зонасының қурылысы даўам етпекте. Санаат, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм басқа да бағдарларда кооперация кеңеймекте.

Энергетика ҳәм суўдан пайдаланыў тараўларында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де раўажландырыў перспективалары додаланды.

Ҳәзирги халықаралық жағдай ҳәм регионаллық күн тәртиби бойынша да пикир алысылды.

Сөйлесиў ўақтында мәмлекетимиз басшысы Түркменстан жетекшисин жақынласып киятырған байрам – Бийтәреплик күни менен қызғын қутлықлап, дос түркмен халқына абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

ӨзА