“VISCONTI” ЖШЖ директоры, исбилермен Мийригул Қайпова Президентимиз тәрепинен қабыл етилген «Киши бизнести раўажландырыўдың материаллық ҳәм институционаллық қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында 100 миллион сум муғдарында жеңиллетилген кредит алып, бүгинги күнде нан ҳәм нан өнимлерин ислеп шығарыўды жолға қойды.

― Исбилерменлик жумысымызды баслағанымызға бир жылға шамалас ўақыт өтти. Ҳәзирги ўақытта кәрханамыз 46 түрдеги нан ҳәм нан өнимлерин таярлаў қуўатлылығына ийе. Нөкис қаласы Наўрыз МПЖ дағы 6 ҳаял-қыздың турақлы бәнтлигин тәмийинледик. Жеңиллетилген кредит алыўда, исбилерменлик көнликпелерине ийе болыўымызда ҳәм бизнесимизди баслаўда Саўда-санаат палатасы жақыннан жәрдем берип келмекте. Алдағы ўақытларда кәрханамызды еле де кеңейтип, жеке брендимиз тийкарында ислеп шығарылған өнимлеримизди дүнья базарларына танытып, қосымша жумыс орынларын жаратыўды режелестирип  атырмыз,-дейди исбилермен М.Қайпова.

Мағлыўмат ушын, Президентимиз тәрепинен ҳаял-қызларға жаратылып атырған имканиятлар ҳәм жеңилликлер нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасында исбилермен ҳаял-қызлардың саны жыл сайын артып бармақта. Нөкис қаласында усы жылдың январь-октябрь айлары аралығында 745 бизнес субъекти мәмлекетлик дизимнен өткен болса, соннан 242 кәрхана ҳаял-қызлар тәрепинен шөлкемлестирилгенлигин гәпимиздиң дәлили сыпатында атап өтсек болады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги