Парагвай пайтахты Асунсьон қаласында болып өткен ЮНЕСКО ҳүкиметлераралық комитетиниң 19-сессиясында Инсанияттың материаллық емес мәдений мийрасының репрезентатив дизимине жаңа элемент – Рубаб соғыў ҳәм атқарыў көркем өнери киргизилди.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры мәлимлеме хызметиниң хабарына бола, бул кандидатура Өзбекстан, Аўғанстан, Иран ҳәм Тәжикстан мәмлекетлери тәрепинен берилген. Ҳүкиметлераралық комитеттиң 19.COM 7.b.18 қарарына муўапық, элемент рәсмий дизимге киргизилди. Талапнама ҳүжжетлери Миллий комиссия секретариаты тәрепинен Мәденият министрлигиниң жуўапкер шөлкемлери менен биргеликте таярланған.
Бул элемент ЮНЕСКО дизимине Өзбекстан атынан киргизилген 16-элемент болып, мәмлекеттиң мәдений мийрасын халықаралық дәрежеде танытыўда үлкен әҳмийетке ийе.
Элементтиң ЮНЕСКО дизимине киргизилиўи тек ғана халықаралық емес, ал миллий дәрежеде де оның қәдири ҳәм әҳмийети ҳаққында хабардарлықты арттырады. Соның менен бирге, оны ағза мәмлекетлер менен биргеликте сақлаў, әўладларға жеткериў ҳәм улыўма инсаныйлық мәдений мийрасын байытыў имканиятын жаратады.
Н.Зиёдуллаева таярлады, ӨзА