Конституция еркин ҳәм абадан  турмыс тийкары

265

Инсан қәдири барлық нәрседен үстин туратуғын мәмлекетимизде Конституциямыз  тийкарында мәмлекетлик ҳүжжетлер жүргизилип, тийкарғы мақсет елдиң абаданлығын тәмийинлеп, пуқаралардың ҳуқықларын қорғаўға қаратылған.

Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 32 жыллығы мүнәсибети менен Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент Мәлимлеме технологиялары университетиниң Нөкис филиалында илаж болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов, Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы И.Арзиев, Қарақалпақстан Республикасы судының судья аға жәрдемшиси И.Мустафаев, филиал директоры ўазыйпасын атқарыўшы Р.Өтениязов, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Илажда сөзге шыққанлар Конституцияның  инсан ҳуқықларын қорғаўдағы әҳмийети,  мәмлекетимиздиң бас Нызамы болған ҳуқықый ҳүжжеттиң  дүньядағы белгили экспертлер тәрепинен үйренип шығылып, жоқары баҳа берилгенлигин ҳәм соңғы ўақытлары ҳуқық тараўындағы унамлы өзгерислерди атап өтти.  Нызамшылық тараўы, жаңа редакциядағы Конституциямызда суд-ҳуқық системасына енгизилген жаңалықлар ҳаққында баянатлар тыңланып, қатнасыўшылар студент-жаслардың берген сораўларына жуўап берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги