Алдын хабар бергенимиздей, “Даўыт ата” шегара бажыхана постында алып барылып атырған реконструкциялаў ҳәм ири оңлаў жумыслары, гүзги-қысқы мәўсимге таярлық мәселелери үйренилмекте.
Бажыхана комитетиниң Бажыхана қадағалаўы ҳәм рәсмийлестириўин шөлкемлестириў басқармасының баслығы Э.Салиҳов Қарақалпақстан Республикасында болып, “Даўыт ата” шегара бажыхана постында әмелге асырылып атырған реконструкциялаў жумыслары процесслеринде пост арқалы ҳәрекетленип атырған автотранспорт қуралларының тығылысып қалыўының алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған илажларды үйрениў жумысларын алып барды.
Усы жерде А-380 автотрассасының 240 километрлик аралығы қайтадан қурылып, пайдаланыўға тапсырылғаннан соң усы пост арқалы ҳәрекетлениўши жүк автотранспорт қуралларының ағымы сезилерли дәрежеде көбейгенин атап өтиўимиз керек. Қурылыс жумыслары алып барылып атырған бажыхана постында жүк автотранспорт қуралларының тығылысып қалыўының алдын алыў бойынша қосымша илажлар көрилиўи ҳаққында тийисли усыныс ҳәм көрсетпелер берилди.
Атап өтилгениндей, транспортлардың пост арқалы иркинишсиз өтиўине қурылыс жумысларының алып барылып атырғаны кесент етпеўи керек.
Соның менен бирге, жуўапкерлер бажыхана постының гүзги-қысқы мәўсимге таярлық дәрежеси менен танысып, қурамалы климат шараятына ийе усы аймақта хызмет алып барып атырған бажыхана посты хызметкерлери ушын барлық керекли шараятларды жаратыў бойынша пикир-усыныслар тыңланды.
Э.Салиҳов жуўапкерлер менен биргеликте, “Қарақалпақстан” темир жол шегара бажыхана постының жумыслары менен де танысып, тазадан қурылып атырған посттың қурылысын көзден өткерди. Алдағы ўақытлары бажыхана рәсмийлестириўин әмелге асырыў кабинетлери ушын зәрүр талаплар туўралы өз усынысларын билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги