Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында 8-декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясының 32 жыллығына бағышланып, байрам илажы болып өтти.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен басланған илажды,  филиал директоры А.Аяпов басқарып барды.

Салтанатлы илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов, Қарақалпақстан Республикасы Прократурасы бөлим баслығы П.Бекниязов, Қарақалпақстан Республикасы Суды баслығының орынбасары Б.Қтайбеков, филиалдың профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары қатнасты.

Илажда шығып сөйлеўшилер жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенине 32 жыл толыўы менен қызғын қутлықлап, мәмлекетимизде нызам үстинлигин тәмийинлеў, жаслардың ҳуқықый саўатлылығын ҳәм мәдениятын арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслардың әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Конституция – ҳәр бир мәмлекеттиң тарийхын, бүгинги күни ҳәм келешегин, халықтың ерк-ықрарын өзинде сәўлелендириўши тийкарғы нызам болып есапланады.Сондай-ақ, ол елимизде әмелге асырылып атырған демократиялық реформалардың ҳәм олардың нызамшылық тийкарларын жаратыўдың баслы ҳуқықый тийкары, инсан ҳуқықлары менен еркинликлериниң исенимли қорғалыўының кепили болып табылады. Соның менен бир қатарда, мәмлекетимизде нызам үстинлигин тәмийинлеў арқалы пуқаралық жәмийетин қурыў, буның ушын халқымыздың ҳуқықый мәдениятын арттырыў, бүгинги өмирден разы болып жасаўы ушын оларға мүнәсип турмыс шараятларын жаратып бериў бағдарында соңғы жыллардағы алып барылып атырған жумысларға айрықша тоқтап өтилди.

-Тийкарғы нызамымызда келешек әўладлардың билим алыўы, кәсип маманы болыўы, озық-ойлы, терең пикирлейтуғын, жетик инсан болып жетилисиўи ушын зәрүр болған принциплер ҳәм қағыйдалар белгилеп берилген,-дейди филиал оқытыўшысы, доцент Зарлық Бекбергенов.- Соңғы жыллары Президентимиздиң басшылығында жоқары билимлендириў системасына қаратылып атырған итибар ҳәм ғамқорлықлар усы мақсетлерге ерисиў ушын хызмет етеди. Сондай-ақ, Қарақалпақстанда соңғы жыллары жоқары оқыў орынларының материаллық-техникалық базасының жақсыланыўы, қабыллаў квоталары санының көбейтилиўи, әсиресе, быйылғы жылы да Қарақалпақстан жасларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде қосымша грант орынларының берилгенлиги Конституцияда белгиленген нормалардың әмелдеги көринислери болып табылады. Усындай имканиятлар нәтийжесинде елимиз жаслары илим, билимлендириў, мәденият, спорт ҳәм турмыстың басқа да салаларында үлкен табысларды қолға киргизип келмекте.

Буннан соң филиалдың аға оқытыўшысы М.Юсупбаев жыйналғанларды байрам менен қутлықлап, Бас нызамымызға арналған өзиниң жаңа қосыгын оқып берди.

Салтанатлы илаж филиал студент-жаслары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы