Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде студентлердиң Өзбекстан Республикасы Конституциясы қағыйдалары ҳәм тийкарғы принциплери бойынша билимлерин арттырыў, турмыста өз орнын табыўында бас нызамымыздың әҳмийети ҳәм ролин түсинип алыўына мүнәсип шараятлар жаратыў мақсетинде,  бакалавриат тәлим бағдарлары студентлери арасында олимпиада жарысы болып өтти.

Олимпиада бир басқыштан ибарат болып, онда қатнасыўшылар Конституция ҳәм нызамшылық бойынша теориялық билимлерин сынақтан өткерди.

Студент жаслардың билим ҳәм зийреклиги сыннан өткен олимпиада жуўмағында,  төрешилер тәрепинен жеңимпазлар анықланып, биринши орынды юридика факультетиниң 3-курс студенти Дилшадбек Жаңабаев жеңип алыўға миясар болды.

Ал, сыйлы екинши ҳәм үшинши орынларды усы факультеттиң 4-курс студенти Ҳамид Акмалов пенен 1–курс студенти Алпамыс Балтабаевлар ийелеўге еристи.

Жуўмақлап айтқанда, өткерилген бул олимпиада тек ғана студент-жаслардың ҳуқықый билимлерин арттырыўға емес, ал, олардың пикирлеў қәбилетлерин раўажландырыўға да хызмет етти деп айта аламыз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы