Бүгин Европа Аўқамының Өзбекстандағы елшиси Тойво Клаар басшылығындағы делегация ўәкиллери Қарақалпақстан медицина институтында болды. Мәдений илажлардан соң институттың мәжилислер залында делегация ўәкиллери менен ушырасыў шөлкемлестирилди.
Илажда сөзге шыққан институт ректоры Орал Атаниязова соңғы жыллары мәмлекетимизде билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға айрықша тоқтап өтти. Сондай-ақ, Өзбекстанның Европа Аўқамы менен жоқары билимлендириў, саўда-экономикалық, суў, энергетика, транспорт ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўындағы байланыслары күн сайын раўажланып атырғаны ҳәм бул перспективалы бирге ислесиў билимлендириўде де айрықша орын ийелейтуғынлығын атап өтти.
IX Европа кинофестивалы шеңберинде Европа Аўқамының Өзбекстандағы елшиси Тойво Клаар шығып сөйлеп, бул фестиваль Европа Аўқамы ҳәм Өзбекстан арасындағы мәдений байланысларды беккемлеў сондай-ақ, Европа кинематографиясының ҳәр түрлилигин көрсетиў ушын үлкен әҳмийетке ийе екенлигин атап өтип, бағдарламадағы ҳәр бир фильм тамашагөйлерди ҳәм пүткил дүнья жүзи халықларын бирлестиретуғын дослық байланысларға, гөззаллық әлемине шақыратуғынын айтып өтти.
Студент жаслар Европа кинематографиясы тәрепинен түсирилген «Урыс үш ҳаял нәзеринде» ҳүжжетли ҳәм «Өмир гөззал» атлы көркем фильмлерин тамашалады. Соң елши менен сәўбетлесип, фильмлер ҳаққында пикирлерин билдирди ҳәм Европадағы билимлендириў бағдарламалары ҳаққында мағлыўмат алмасыў имканиятына ийе болды.
Бул кинофестивалдан гөзленген мақсет Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы мәдений байланысларды беккемлеў ҳәм кино өнеринде ерисип атырған жетискенликлер менен кең жәмийетшиликти жақыннан таныстырыўға қаратылған.
Елши Тойво Клаар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Рустам Сапарбаев ҳәм сенатор, профессор Орал Атаниязова менен ушырасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги