Донорлық – мақтанышлы, саўаплы ҳәм қайырлы ис. Гейде биреў ушын бир тамшы қан – және бир жаңа өмирди аңлатады. Сондай-ақ, айрықша жағдайда жарақатланған адамлар, әсиресе кишкене балалар көп қан жоғалтыўы ақыбетинде олардың өмири қыл үстинде қалады. Бундай жағдайларда донорлардың бийминнет жәрдемине таянылады.

Өзбекстан «Адолат» СДП тәрепинен 8 жылдан берли «Бар меҳримиз саған, балажан» сүрени астында пүткил Республика бойлап бийғәрез донорлық акциясы өткерилип келинбекте. Быйыл да дәстүрге садық қалған ҳалда бул акция даўам етпекте.

Медициналық-социаллық жәрдемге мүтәж балаларды қоллап-қуўатлаў, наўқас ул-қызлардың саўалыўына жәрдемлесиў, сондай-ақ, жәмийетте инсаныйлық сезимин қәлиплестириўге қаратылған қайырлы акцияда “Адолат” СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳәр қашанғыдай белсене қатнасты. «3-декабрь – Халықаралық майыплар күни» мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы қан қуйыў орайында шөлкемлестирилген акцияда бир қатар мәкеме ҳәм  шөлкемлердиң хызметкерлери, депутатлар, әскерий хызметкерлер ҳәм көплеген кеўилли ўатанласларымыз да наўқас балалардың өмирин сақлаў ушын донорлық қанын тапсырды.

Мағлыўмат ушын, өткен жыллары партия басламасы менен өткерилген акцияларда республика көлеминде жәми 30 мыңға шамалас ықтыярлы донорлар қатнасқан. Нәтийжеде 8 мың литрге шамалас қан топланыўына ерисилип, бул тиришилик тамшылары арқалы 37 мыңға шамалас қанға мүтәж балалардың өмири сақланып қалынған.

-Бүгинги күнде тек ғана дүнья медицинасында емес, ал мәмлекетимизде де қан ҳәм оның қурамлық бөлеклерин донорларға болған талап артып бармақта. Ҳәр күни мыңлаған инсанлар донорлардың қанына мүтәж болады. Тилекке қарсы, қанды жасалма түрде ислеп шығарыўдың имканияты жоқ. Қан қуйыўға мүтәж болған ҳәр бир адамның өз алдына қан топары ҳәм резус факторы бар екенлигин есапқа алған ҳалда, оған тек ғана усы топар ҳәм фактордағы қан қуйылыўы мүмкин, – дейди Қарақалпақстан Республикасы қан қуйыў орайының шыпакери Жадыра Габбарова.- Сол себепли енди елимизде донорларды қоллап-қуўатлаў және де кеңейтиледи. Соның ишинде, «Өзбекстан Республикасы ветеран доноры» көкирек белгисин алған пуқараларға берилетуғын ақшалай сыйлық 2025-жылдың январь айынан базалық есаплаў муғдарының 5 есесинен 15 есесине шекем арттырылады. Оларға жәмийетлик транспорттан бийпул пайдаланыў ҳуқықы берилип, мәмлекетлик санаторийларда емлениў нәўбетсиз болады.

Барлық тексериўлерден унамлы өткен ҳәм қан бериўге уқыплы деп табылған ўатанласларымыздан белгиленген қан муғдары алынды.

Бул акция тек ғана Нөкис қаласында емес, ал Республикамыздың барлық аймақлық қан қуйыў орайларында да шөлкемлестирилди.

Инсан ушын кеселликтен, денсаўлықты жоғалтыўдан жаманы жоқ. Соның ушын да ҳәр биримиз мине усындай қайырлы ҳәм саўаплы акцияларда белсенди болайық.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги