Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен мәмлекетимизде «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасының басланғаны халқымыздың абаданлығын тәмийинлеўде айрықша орын тутады.
Усы мақсетте Қараөзек районы ҳәкими Анвар Баймуратов усы жылдың сентябрь айында Бердақ аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы өзине бириктирилген шаңарақлардың жасаў жағдайы, машқалаларын үйрениў мақсетинде, олардың шаңарақларында болған еди.
Үйрениўлер барысында усы жыйын аймағындағы «Қостамғалы» аўылында жасаўшы Жупаргул Утемуратованың аўыр шараятта жасап атырғанлығы, турақ жайының жарамсыз аўҳалға келип қалғаны, бағыўшысы болмағаны ушын жай салыў имканияты жоқ екенлигин анықланды. Соңынан бул пуқараның жағдайлары итибарға алынып, қәўендер шөлкемлер тәрепинен жаңадан турақ жай алып берилди.
Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 32 жыллық байрамы алдынан район ҳәкими Анвар Баймуратов аймақтағы тийисли тараў басшылары менен Жупаргүл Утемуратованы байрам менен қызғын қутлықлап, оған жаңа турақ жайдың ҳүжжетлерин тапсырды.
Бундай ғамқорлықтан кеўли толған Жупаргул апа усындай социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж шаңарақларға көрсетип атырған қәўендерлиги ушын елимиз Президентине, республика ҳәм район басшыларына, қәўендер шөлкемлерге өзиниң терең миннетдаршылығын билдирди.
-Турақ жайым тозып, аўыр шараятта турмыс кеширип атырған едим. Мениң усындай жағдайымды итибарға алған район ҳәкими маған ғамқорлық көрсетип, аўылымыздан жасаў ушын қолайлылықларға ийе үй алып берилди. Буның ушын ең дәслеп Президентимизге, республика ҳәм район басшыларына өзимниң рахметимди айтаман. Бул мениң ушын ҳақыйқый байрам саўғасы болды, дейди Жупаргүл апа қуўаныштан жүзлери жадырып.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы