Мәмлекетимиз Президентиниң усы жылдың 19-20-август күнлери Қарақалпақстан Республикасына болған сапары даўамында белгилеп берген тапсырмаларының орынланыўын қадағалаў мақсетинде,  Өзбекстан Мәҳәллелер ассосациясы баслығы Қаҳрамон Қуронбоев хызмет сапары менен Бозатаў районындағы Еркиндәрья аўыл пуқаралар жыйынында болды.

Сапар даўамында ассосация баслығы аймақ белсендилери ҳәм нураныйлары менен ушырасып, олардың пикир-усынысларын тыңлады.

Атап айтқанда, аймақ турғынлары тәрепинен аўыл пуқаралар жыйыны кеңсеси имаратын жаңадан қурыў, 7-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң спорт залын оңлап бериў  бойынша усыныслар билдирилди.

Ҳақыйқатында да, аймақтағы машқалаларды үйрениў барысында аўыл пуқаралар жыйынына кеңсе имараты зәрүр екенлиги, мектеп спорт залының қурылыс оңлаў жумысларына мүтәж екенлиги анықланды ҳәм 2025-жылдың март айына шекем бул аймақта жыйын кеңсесиниң имаратын қурыў, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша келисип алынды.

Сондай-ақ, аймақ жасларының спорт пенен шуғылланыўы ушын 7-санлы мектептиң спорт залын реконструкциялаў да белгиленди.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы