Илимпазлар ҳәм көрнекли зиялыларымыздың қатнасыўында өткерилип атырған «Мәнаўият кәрўаны» руўхый-ағартыўшылық илажлары шеңберинде Нөкис қаласы ҳәкимлиги мәжлислер залында  «Жаңа Өзбекстан реформалар философиясы» руўхый-ағартыўшылық илажы болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты тьюторлары ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Илаж Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен басланды.

Жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған сиясат, илим, билимлендириў ҳәм мәденият тараўларында алып барылып атырған өзгерислер, сондай-ақ, мәмлекеттиң раўажланыўы ушын әмелге асырылып атырған реформалар, атап айтқанда, “Өзбекстан – 2030” стратегиясы ҳәм оның турмысымыздағы әҳмийети ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.

Бундай руўхый-ағартыўшылық илажлар жаслардың дүньяға көзқарасын кеңейтиў, олардың руўхый раўажланыўына хызмет етиўи менен бирге, Жаңа Өзбекстанды қурыўда белсене қатнасатуғын бәркамал әўладты тәрбиялаўда үлкен әҳмийетке ийе.

Илаждың тийкарғы мақсети – студент-жаслар арасында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәнисин кеңнен үгит-нәсиятлаў болып табылады.

Студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги