Елимиз бойлап даўам етип атырған «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде Мойнақ Мәмлекетлик тоғай хожалығы тәрепинен райондағы «Шеге» аўылында мийўели бағ жаратылмақта.

Бағ жаратыў жумыслары басланып, оған район ҳәкими Б.Менглибеков қатнасты.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басламасы менен «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде елимиз бойлап әмелге асырылып атырған нәл отырғызыў илажлары Мойнақ районында да шын мәнисинде улыўма миллий ҳәрекетке айланды. Мәмлекетимизде кең көлемде мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин отырғызыў бойынша әҳмийетли 40 күнлик өткерилип, терек егиў жумыслары нәтийжели алып барылмақта.

Шынында да, тереклерге меҳир бериў, оларды тәрбиялаў ең ийгиликли ҳәм қайырлы ис есапланады. Нәл егип, бағ жаратыў, қоршаған орталықты таза ҳәм азада сақлаў халқымыздың әсирлер даўамында қәлиплесип киятырған миллий қәдириятлары саналады.

Нәл отырғызыў жумыслары нәтийжели даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги