8-декабр – Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн. Быйыл Бас нызамымыздың қабыл етилгенине 32 жыл толады. Қарақалпақстан медицина институтында усы сәнеге арналған салтанатлы илаж болып өтти.

Илажды институт ректоры О.Атаниязова кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Салтанатлы илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Бюджет, экономикалық реформалар, инвестициялар ҳәм инновация мәселелери комитетиниң баслығы Б.Сейтназаров, Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша судының судьясы А.Аметов, Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министриниң орынбасары М.Рахматуллаев ҳәм институт профессор-оқытыўшылар, студентлер қатнасты.

Жаңа редакциядағы Конституция мәмлекетимиздиң жақын ҳәм узақ келешектеги турақлы раўажланыўы, халқымыз абадан турмысының беккем ҳуқықый тийкары ҳәм исенимли кепили болып есапланады.

Илажда сөзге шыққанлар тәрепинен Бас нызамымызда социаллық әдиллик ҳәм теңлик принциплери енгизилип, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўдың пүткиллей жаңа механизмлери орын алып, олар конституциялық тийкарлар менен беккемленип қойылғаны айрықша атап өтилди. Әсиресе, Конституцияның үшинши бөлим XIV бабындағы  шаңарақ, балалар ҳәм жасларға байланыслы статьяларда жаслардың жеке, сиясий, социаллық, мәдений, экологиялық ҳуқықларының мәмлекет тәрепинен қорғалыўы, олардың жәмийет ҳәм мәмлекет турмысында белсенди қатнасыўының хошаметлениўи мақтаныш пенен атап көрсетилди.



 Кешеде студентлер баянатшыларға жаңа Конституциядағы киргизилген өзгерис ҳәм қосымшалар бойынша сораўлар берип, оған тийисли жуўаплар алды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы