Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 8-декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигине 32 жыл толыўы мүнәсибети менен салтанатлы илаж болып өтти.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен басланған илажды институт ректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы Қ.Қодиров басқарып барды.

Салтанатлы илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң баслығы А.Атажанов, Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының баслығы Ә.Нурлипесов, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының бөлим баслығы Д.Елмуратов, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер қатнасты.


Илажда атап өтилгениндей, тийкарғы нызамымыз өзиниң терең ойланған принциплери ҳәм қағыйдалары менен ажыралып, елимиздиң тәғдирин, ҳәр бир инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин белгилеўде әҳмийетли ҳүжжет болып есапланады.

1992-жылы 8-декабрь күни ғәрезсиз Өзбекстанның Конституциясы қабыл етилди. Конституцияны ислеп шығыўда нызамшылықтағы алдынғы сырт ел тәжирийбелери менен биргеликте халқымыздың көп әсирлик менталитети, жасаў шараяты, ата-бабалардан мийрас болып киятырған үрп-әдетлери де басшылыққа алынды.

Конституцияда тийкарғы итибар инсан ҳәм оның ҳуқықлары және еркинликлери, яғный Өзбекстан Республикасының ҳәр бир пуқарасына жеке ҳуқық ҳәм еркинликлер, сиясий ҳәм социаллық-экономикалық ҳуқықлардың кепилликлери тәмийинленди.

Елимизде нызам үстинлигин тәмийинлеў арқалы пуқаралық жәмийетин қурыў, буның ушын халқымыздың ҳуқықый мәдениятын арттырыў, халқымыздың бүгинги өмирден разы болып жасаўы ушын оларға мүнәсип турмыс шараятларын жаратып бериў бағдарында соңғы жыллардағы алып барылып атырған жумыслар айрықша атап өтилди.

Тийкарғы нызамымызда келешек әўладлардың билим алыўы, кәсип маманы болыўы, озық-ойлы, терең пикирлейтуғын, жетик инсан болып жетилисиўи ушын зәрүр болған принциплер ҳәм қағыйдалар белгилеп берилген. Соңғы жыллары жоқары билимлендириў системасына қаратылып атырған итибар ҳәм ғамқорлықлар усы мақсетлерге ерисиў ушын хызмет етеди. Қарақалпақстанда жоқары оқыў орынларының саны соңғы бес жылдың ишинде он екиге жеткенлиги, олардың материаллық-техникалық базасының жетилистириўи, қабыллаў квоталары санының көбейтилиўи, әсиресе, быйылғы жылы Қарақалпақстан жасларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде қосымша грант орынларының берилгенлиги Конституцияда белгиленген нормалардың әмелдеги көринислери болып табылады.

Усындай имканиятлар нәтийжесинде елимиз жаслары илим, билимлендириў, мәденият, спорт ҳәм турмыстың басқа да салаларында үлкен табысларды қолға киргизип келмекте.

Илаж даўамында институттың миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасының үлкен оқытыўшысы Б.Арзиева, магистрант М.Камалов Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилиў тарийхы, киргизилген өзгерислер, соның ишинде, 2023-жыл 30-апрель күнги улыўма халықлық референдум тийкарында Бас Нызамымыздың жаңа редакцияда қабыл етилгенлиги, ондағы белгиленген нормалардың бүгинги күндеги турмысымыздағы әҳмийети ҳаққында баянатлар жасады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги