Ташкент Гуманитар илимлер университетиниң Төрткүл кампусында Өзбекистан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 32 жыллығына бағышланып, «Конституция-еркин ҳәм абадан турмыс кепили» атамасында байрам кешеси болып өтти.

Кешеге Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Илажда Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Төрткүл районлық бөлими баслығы Ж.Сеттиев, «Қорақалпоғистон тонги» газетасының бас редакторы Н. Матяқубовалар шығып сөйлеп, жаңа редакциядағы Конституцияда халқымыздың әзелий мақсети есапланған – инсан ҳәм оның жасаў еркинлиги, абырайы жоқары қәдирият  сыпатында көрсетилгенин, бул жаңа Өзбекстанды қурыў ушын беккем тийкар болатуғынлығын мақтаныш пенен атап өтти.

Кешеде студент-жаслар тәрепинен баянатшыларға Конституцияда белгиленген жаңа ҳуқық ҳәм еркинлер бойынша сораўлар берилип, оларға тийисли жуўаплар алды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы