3-декабрь – Халықаралық майыплар күни мүнәсибети Қоңырат районы ҳәкимлиги, “Инсан” социаллық хызметлер орайы тәрепинен «Қызыл ярым ай» жәмийети, Өзбекстан Республикасы майыплар жәмийети районлық бөлими тәрепинен де ҳәр түрли қәўендерлик илажлары өткерилди.
Сәнеге бағышланып райондағы пайызлы орынлардың биринде майыплылығы бар инсанлар ушын байрам дәстурханы жайылып, саўғалар тапсырылды.
Атап өтилгениндей, Қоңырат районында 6000 ға шамалас имканияты шекленген инсанлар бар. Солардан 1177 си балалықтан майыплығы бар адамлар. Олардың мәплерин қорғаў, жәмийетимиздиң тең ҳуқықлы ағзасы екенлигин көрсетиў мақсетинде кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Илаж районның көркем өнер хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги