3-декабр күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде студент-жаслар арасында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың әҳмийетин кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде,  «Жаңа Өзбекстанның реформалар философиясы» атамасында руўхый-ағартыўшылық илажы болып өтти.

Илажда университет ректоры Ахмед Реймов Ташкент қаласынан келген мийманларға Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде жолға қойылған мәнаўият секторы, сондай-ақ, алып барылып атырған руўхый-ағартыўшылық илажлары ҳаққында мағлыўмат берип, китаплар көргизбеси менен таныстырды.

Илажды Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы баслығы, сиясий илимлер докторы, профессор Атабек Хасанов ашты ҳәм мәмлекетимизде Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында алып барылып атырған реформалар философиясы ҳәм олардың заманагөй жәмийетти қәлиплестириўдеги орны туўралы түсиниклер берди.

Буннан соң, шығып сөйлегенлер елимизде жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған мәмлекетлик сиясат, илим, билимлендириў ҳәм мәденият тараўларында алып барылып атырған өзгерислер, сондай-ақ, жәмийетимиздиң келешектеги раўажланыўы ушын әмелге асырылып атырған мәмлекетлик бағдарламалар, соның ишинде, «Өзбекстан – 2030» стратегиясы ҳәм оның турмысымыздағы әҳмийети ҳаққында кең түрде баянатлар жасады.

-Өткерилип атырған бундай руўхый-ағартыўшылық илажлар жаслардың дүньяға көзқарасын кеңейтиў, олардың руўхый раўажланыўына хызмет етиў менен бирге, жаңа Өзбекстанды қурыўда белсене қатнасатуғын жетик әўладты тәрбиялаўда үлкен әҳмийетке ийе,-дейди шайыр Раўаж Отарбаев.

Өткерилген илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б. Өтемуратов қатнасты.

Усы мазмундағы руўхый-ағартыўшылық илажы республикамыз бойлап даўам етпекте.

Адилбай Оразов,Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы