Президент Шавкат Мирзиёев 2-декабрь күни металлургия кәрханаларының трансформация бағдарлары ҳәм 2025-жылдың режелери менен танысты.
Соңғы жети жылда бул тараўда ислеп шығарыў 1,5 есеге артқан. Атап айтқанда, жыллық алтын қазып алыў көлеми 2016-жылғыдан 26 тоннаға, гүмис 77 тоннаға, мыс 32 мың тоннаға артқан.
Ақырғы бес жылда таў-кән ҳәм металлургияға дерлик 9,5 миллиард доллар инвестиция киргизилип, 15 ири жойбар иске қосылды. Нәтийжеде бул тараў экономиканы транформациялаўда ең әҳмийетли драйверге айланбақта. Мәмлекетимиз санааты көлеминиң үштен бири оның үлесине дурыс келмекте.
Таў-кән санааты электротехника, қурылыс материаллары, химия, зергерлик сыяқлы тармақлар ушын шийки затты көбейтип, олардың өсиўине үлкен түртки бермекте. Сондай-ақ, комбинатлар 60 дан аслам киши ҳәм орта кәрханалар менен коопреция тийкарында тығыз ислеп келмекте.
Буларды даўам еттирип, экономикалық нәтийжелиликти арттырып барыў –заман талабы.Тармақ кәрханаларын дүнья финанс базарында өзине тартатуғын компанияларға айландырыў керек.
Мәжилисте таў-кән санааты ҳәм геология министри ҳәм комбинатлар басшылары усы бағдардағы режелер бойынша мәлимлеме берди.
Соның ишинде, 2025-жылы таў-кән ҳәм геология тараўындағы жойбарларға 1 миллиард доллар инвестиция киргизиў нәзерде тутылмақта. Каолин ислеп шығарыўды 50 процент арттырыў, көмир қазып алыўды 10 миллион тоннаға жеткериў мөлшерленбекте.
Наўайы таў-металлургия комбинаты быйыл биринши рет халықаралық базарда евробонд жайластырып, 1 миллиард доллар арзан ресурс киргизди. Келеси жылы және 500 миллион доллар евробонд шығарыў режелестирилген.
Алмалық кән-металлургия комбинатында 3-мыс байытыў фабрикасы ҳәм Өзбекстан металлургия комбинатында жаңа қойыў прокатлаў комплекси иске қосылады. Өзбекстан технологиялық металлар комбинатында «жасыл экономика» ушын әҳмийетли болған сийрек ушырасатуғын металлар шийки заты кеңейтиледи.
Мәмлекетимиз басшысы келеси жылы комбинатлар трансформация арқалы дүнья базарында бәсекилесиўин арттырыў бойынша үлкен өзгерис етиў керек екенлигин атап өтти.
Бунда өзине түсер баҳасын түсириў, жумысты толық санластырыў, халықаралық базарлардан қаржы алып келиў, жаңа технологияларды енгизип, жумыс процесин автоматластырыў ең әҳмийетли ўазыйпалар екенин көрсетип өтти.
Кәрханалар дүньядағы өзгерислерге тез бейимлесип, жаңа басламалар көрсетиў керек екенлиги айтылды. Үнемлилик ҳәм нәтийжелилик принциплери тийкарында қәрежетлерди азайтыў, санаат тармақларын шийки зат пенен үзликсиз тәмийинлеў илажлары белгиленди.
ӨзА