Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шарўашылық ҳәм суў хожалығы тараўын еле де раўажландырыў, шешимин күтип турған системалы мәселелер бойынша пикир ҳәм усынысларды додалаў мақсетинде фермер хожалықлары басшылары ҳәм суў хожалығы тараўының мийнет алдынғылары менен ушырасты.
Соны айтып өтиўимиз керек, елимизде шарўашылықты раўажландырыў ҳәм ағын суўдан нәтийжели пайдаланыўды жетилистириў, ушырасып атырған машқалаларды белгилеп алып, биргеликте шешимин табыў мақсетинде , Жоқарғы Кеӊес Баслығы А.Орынбаев буннан алдын да тараў ўәкиллери ҳәм жуўапкерлер менен ушырасқан еди.
Усы ушырасыўларда машқалалар шеӊберинде арнаўлы ис-реже ислеп шығылып, аўыл хожалығы тараўын раўажландырыў бойынша арнаўлы стратегияға киргизилиўи керек ўазыйпалар белгилеп алынды.
Ал, өткерилген бул ушырасыўда да буннан басқа да әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар бойынша тараў қәнигелериниң пикирлери тыӊланды.
Сондай-ақ, ушырасыўды шарўашылық тараўы менен шуғылланыўшы фермер хожалықлары басшылары ҳәм суў хожалығы тараўы ўәкиллери машқалаларды системалы шешиў бағдарында өзлериниң бир қатар пикир-усынысларын билдирди.
Өткерилген илажда тараў басшыларының пикир-усыныслары ҳәр тәреплеме талқыланып, бул бойынша алдағы орынланыўы тийис ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги