Усы жылдың 19-20-август күнлери мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында аймаққа жаңадан қурылған IT Parkтиң Қарақалпақстан филиалында болып, аймақтағы жаслардың стартапларын  қоллап-қуўатлаў ҳәм оларды халықаралық  дәрежеге алып шығыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў керек екенлигин атап өткен еди.

Бул тапсырмаларды әмелге асырыў мақсетинде Қарақалпақстанда түрли технологиялық ҳәм инновациялық жойбарлар үстинде жумыс алып барылмақта.

Санлы технолоиялар министри Шерзод Шерматов IT Parkтиң Қарақалпақстан филиалына барып, аймақта  әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты. IT Park хызметкерлери ҳәм аймақлық басшылар менен ушырасыў өткерип, тараўға байланыслы әҳмийетли мәселелерди додалады.

Соның ишинде, аймақта IT хызметлер экспорты көлемин арттырыў, сырт ел компанияларды аймаққа кеңнен тартыў ҳәм жаслар ушын жоқары дәраматлы жумыс орынлары жаратыўға байланыслы ўазыйпалар белгиленди.

Сондай-ақ, IT Park жумысын және де кеңейтиў ҳәм инновациялық стартапларды қоллап-қуўатлаў ушын қосымша имканиятлар жаратыў бойынша көрсетпелер берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги