Усы жылдың 21-октябрь күни Министрлер Кабинетиниң «Мәҳәлле жетилиги» усынысы тийкарында кәмбағаллықтан шығарыў бағдарламасына киргизилген ҳәм турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж шахсларға ипотека кредитин ажыратыў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.

Бул ҳүжжетке тийкар, бүгиннен баслап турақ жайды оңлаў ушын ипотека кредитлерин рәсмийлестириў басланады. «Мәҳәлле жетилиги» усынысы тийкарында жеке тәртиптеги турақ-жайды қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў мақсетлери ушын Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан төрт процент бәнтке жоқары ставкада (17,5 процент) ажыратылыўы белгиленген.

Бул ипотека кредитин алыў мүмкин болған шахслар бүгиннен баслап online-mahalla.uz платформасы арқалы арза жибериўи мүмкин.

Усы ипотека кредити бойынша дәслепки төлемниң бир бөлимин қаплаў ушын кредиттиң 15 проценти муғдарында ҳәм процент төлемлериниң белгили бир бөлимин қаплаў ушын кредит мүддетиниң биринши бес жылы даўамында 12 проценттен артқан бөлимине субсидия төлеп бериледи.

Бийылғы бағдарлама шеңберинде ажыратылатуғын кредитлер бойынша процент төлемлериниң бир бөлимин қаплаў ушын субсидиялар- 12 проценттен артқан бөлимине, 2025-жылҳәм оннан кейинги жыллар бағдарламалары шеңбериндеги кредитлер бойынша болса- Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан артқан бөлимине төленеди.

Бирлемши турақ жай базарындағы квартираларды сатып алыў ушын ажыратылған ипотека кредитлери бойынша дәслепки төлемниң бир бөлимин қаплаў ушын субсидиялар – 2024-жылы бағдарламадан баслап қатаң түрде белгиленген 30 миллион сум муғдарында төленеди.

                                                                                                                             ӨзА