Министрлер Кабинетиниң қарары менен мәҳәллелерде Мәҳәлле жетилиги қәлиплестирилип, олардың жумысы жолға қойылған еди. Жетиликте әлбетте, мәҳәлле жаслары менен бирге ислесиў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў бойынша тийисли шөлкемлер менен бирге ислесиў сондай-ақ, оларды китапқумарлыққа тартыў, бос ўақытларын мазмунлы өткериўи ушын ҳәр қыйлы таңлаўлар шөлкемлестирип, дөгереклерге қамтыўда белсендилиги менен көзге түсип киятырған жаслар жетекшилериниң тутқан орны айрықша.
Жыл жуўмағында олардың атқаратуғын хызметлерин, ислеген жумысларын сынға салып, баҳа бериў ушын шөлкемлестирилген «Жылдың ең жақсы мәҳәлле жетилиги» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы пайтахтымыздағы «Жаслар орайы» нда өткерилди. Илажда ҳәр қыйлы бағдарлар бойынша белсенди жаслар жетекшилери анықланды ҳәм оларға дипломлар менен баҳалы саўғалар тапсырылды.
-«Жаслар дәптери»ниң енгизилиўи менен социаллық жәрдемге мүтәж жасларға мәмлекетимиз тәрепинен көплеген жәрдемлер берилип келинбекте. Әсиресе, жоқары оқыў орынларында оқып атырған кем тәмийинленген шаңарақлардағы жаслардың шәртнама пулларының төлеп берилип атырғанлығынан жасларымыз шексиз миннетдар,-дейди «Жаслар дәптери» системасы тийкарында нәтийжели жумыс алып барған ең үлгили мәҳәлле жетекшиси» бағдары бойынша жеңимпаз болған Кегейли районынан қатнасқан жаслар жетекшиси Н.Нишанова.
Қарақалпақстан хабар агентлиги