Олий Мажлис Нызамшылық палатасында жуўапкер комитет тәрепинен жәмийетлик транспортынан пайдаланыўдың нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған нызам жойбаы сиясий партиялар фракцияларының додалаўына киргизиў ушын таярланбақта.
Нызам жойбарына тийкарланып, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске жәмийетлик транспорт ушын өз алдына ажыратылған жолларда ҳәрекетлениў қағыйдаларын бузғанлығы ушын жуўапкершилик белгилеў нәзерде тутылмақта.
Бул ҳәрекетти биринши мәрте әмелге асырғанлығы ушын – базалық есаплаў муғдарының 3 есеси муғдарында, бир жыл даўамында тәкирар әмелге асырыған болса, базалық есаплаў муғдарының 5 есеси муғдарында жәрийма белгиленбекте.
М.Комилова, ӨзА