30-ноябрь күни Ташкент қаласында Халықаралық қылышпазлық федерациясының гезектеги конгресси болып өтти.

Дүньяның 130 дан артық мәмлекетинен 280 делегат қатнасқан конгерссте россиялы исбилермен Алишер Усмонов Халықаралық қылышпазлық федерациясының президенти етип сайланды.

FIE президентлиги ушын гүресте Усмоновқа Швеция қылышпазлық федерациясының президенти Отто Дакенберг қарсылас болды. Даўыс бериў нәтийжелерине бола А.Усмонов 120, оның қарсыласы 26 даўыс топлады.

Кейинги еки жылда Греция ўәкили Эммануэль Кациадакис Халықаралық қылышпазлық федерациясы (FIE)ның президенти ўазыйпасын ўақытша атқарып киятырған еди.

Т.РЎЗИЕВ, ӨзА