Нөкис қаласындағы Телеорай мәкан пуқаралар жыйынында тазаланған ишимлик суў ислеп шығарыў жойбарын иске түсирген «Long Water» кәрханасының ашылыў мәресими өткерилди.
Мәресимде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жаңа кәрхана иске түсирилиўи мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Илажда атап өтилгениндей, соңғы жыллары Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан ушын айрықша қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар елимизде исбилерменликти раўажландырыў ҳәм инвестициялық тартымлылықты арттырыўға беккем тийкар болып хызмет етпекте. Қытайлы инвесторлар тәрепинен улыўма 1 миллион 200 мың долларлық тиккелей инвестиция киргизиў есабына жаңадан иске түсирилген кәрханада «Шылпық» бренди менен тазаланған ишимлик суўы ислеп шығарылмақта. Кәрхана жылына 5,7 мың тонна тазаланған ишимлик суўын ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе.
-Республика ҳүкимети тәрепинен завод қурылысы ушын 36 сотых жер ажыратылып, қурылыс жумыслары басланды,-дейди исбилермен Қайрат Балаханов.-Үскенелеримиз Қытайдан алып келинип орнатылды. Жылына 11 млн бутылка суў ислеп шығарылады. Ислеп шығарылған өнимлеримиз пүткил Өзбекстан бойлап сатылады. Ҳәзир бул бойынша дилерлер менен сөйлесиўлер алып барылмақта. Сондай-ақ, сырт еллерге де экспорт етиўди режелестирип қойғанбыз.
-Аймағымызда жаңа кәрханының ашылыўы халқымыз ушын оғада қолайлы болды,-дейди жыйын турғыны Өтебай Сағымбетов.-Себеби, бул жерде аймағымыз жаслары жумыс пенен тәмийинленип, дәрамат таппақта. Буның ушын Президентимизге рахмет айтамыз.
«Long Water» кәрханасының ашылыўы менен бул жерде 29 жаңа жумыс орынлары жаратылды. Әлбетте, бундай жаңа жойбарларының иске түсирилиўи халықтың бәнтлигиниң тәмийинленип, республикамыз экономикасының беккемлениўине хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги