1-декабрь – Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 35 жыл толыўы мүнәсибети менен Төрткүл районындағы 67-санлы улыўма билим бериў мектебинде “Ана тилим – мақтанышым!” атамасында байрам илажы болып өтти.
Илажда Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлиминиң баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Ж.Сеттиев, район ҳәкиминиң мәмлекетлик тил мәселелери бойынша кеңесгөйи Г.Назарова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мақтанышымыз болған ана тилимиздиң тарийхы, өзгешеликлери ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Атап өтилгениндей ана тилимиздиң тазалығын көздиң қарашығындай сақлаўымыз, оған ҳүрмет пенен қараўымыз, оны келешек әўладқа таза ҳалында жеткериўимиз керек. Күнхожа, Әжинияз, Бердақ сыяқлы уллы бабаларымыз әрман еткен бул тарийхый сәне, тил байрамын байрамлаў биз ушын несип еткен екен, ата-бабалардан мийрас ана тилимизди қәдирлеўимиз шәрт.
Кешениң көркем бөлиминде мектеп оқыўшылары қарақалпақ тилинде қосықлар айтып, бир-биринен гөззал ойынлар атқарды.
Қарақалпақ тили ҳәм әдебиятын оқытыўда оқыўшыларға нәтийжели билим берип, оларды ўатансүйиўшилик, миллийлик ҳәм улыўма инсаныйлық руўхында тәрбиялаўда үлкен жетискенликлерге ерисип атырған белсенди муғаллимлер ҳәм үлгили оқыўшылар Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими тәрепинен алғыснама ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
М.Юсупбаева,
ҚМУ телерадио журналистика бағдары 3-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги