Излеўдеги әке шегараға кириўде иркиўге алынды

Мәжбүрий орынлаў бюросы Нөкис қалалық бөлимине ис жүргизиўине келип түскен орынлаў ҳүжжети тийкарында өндириўши А.У. пайдасына тәрбиясындағы еки перзенти тәмийнаты ушын қарыздар С.А.дан алимент өндириў белгиленген.
Усы ҳүжжеттиң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде қарыздардың жасаў мәнзилине барылғанда, қарыздар мәнзилинде жоқ екенлиги, жақын ағайинлериниң көрсетпеси бойынша ол 2023-жылы Россия Федерациясына кеткенлиги анықланды. Сол себепли оған Мәжбүрий орынлаў бюросы Нөкис қалалық бөлими мәмлекетлик орынлаўшысы тәрепинен излеў жәрияланды.
Бюроның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы излеў секторы тәрепинен алып барылған оператив-излеў илажларында қарыздар С.А. мәмлекетимиз шегарасына киргенлиги анықланып, усы жылдың 25-ноябрь күни Нөкис қаласынан табылды. Оған алимент төлемлеринен жүзеге келген қарыздарлықты сапластырылмаса ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылатуғыны түсиндирилди.
Нәтийжеде қарыздар С.А. алимент төлемлеринен жүзеге келген 17 миллион сумнан аслам қарыздарлықты сол күнниң өзинде төлеп берди.
Арзыгүл ЕСЕМУРАТОВА,
ҚМУдың Мәлимлеме хызмети ҳәм
жәмийетшилик пенен байланыслар тәлим бағдары 3-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги