2024-жылдың январь — октябрь айларында Өзбекстан 1,6 миллион тонна мийўе ҳәм палыз-өним экспорт етти. Бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда 15,7 процентке көбирегин қурайды.
Экспорттың баҳасында да өсиў бақланған: мийўе ҳәм палыз-өнимлери экспортынан түскен дәрамат 29,8 процентке артып, 1,2 миллиард долларға жетти.
Экспорттағы ең үлкен орынды жүзим, шабдал ҳәм шийе ийелеген:
174 мың тонна жүзим экспорт етилип, 147,2 миллион доллар дәрамат;
103,5 мың тонна көлеминде шабдал сатылып, 96,9 миллион доллар дәрамат;
32,2 мың тонна муғдарында шийе экспорт етилип, 70,3 миллион доллар дәрамат тәмийинленди.
Соның менен бирге, Өзбекстан экспорт жумысын раўажландырыўда бир қатар мәмлекетлер менен нәтийжели бирге ислесиў байланысларын жолға қойған. Бул мийўе-палыз өнимлерин тек Орайлық Азия базарына емес, ал Европа, Азия ҳәм Жақын Шығыс мәмлекетлерине жеткерип бериўге имканият бермекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги