Өзбекстан ҳәм Монголия мәмлекет басшыларының сиясий күши ҳәм биргеликтеги ҳәрекетлери себепли кейинги жылларда еки мәмлекет арасындағы көп қырлы бирге ислесиў қатнасықлары жаңа басқышқа көтерилди.
Бул Сенатта шөлкемлестирилген Монголия делегациясы менен ушырасыўда атап өтилди.
«Монголия – Өзбекстан» парламентлераралық дослық командасының баслығы Сухбаатар Эрдэнэбат пенен өз-ара бирге ислесиўди жеделлестириў ҳәм және де беккемлеў мәселелери додаланды.
С. Эрдэнэбат Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм аймақлық ўәкиллик уйымларына сайлаўлар жоқары руўхта шөлкемлестирилгенин атап өтти. Сайлаў процесиниң барлық басқышлары ашық-айдын ҳәм қалыс өткени, халықаралық демократиялық стандартларға муўапық болғаны, жаңаланған Конституция тийкарында улыўма жаңа социаллық-сиясий орталықта өткерилгенин атап өтти.
Ушырасыў жуўмағында еки мәмлекет парламентлери арасындағы қатнасықларды кеңейтиў, «Монголия – Өзбекстан» парламентлераралық командасы шеңбериндеги бирге ислесиўди жеделлестириў, сондай-ақ, кеңнен бирге ислесиў ушын анық илажлар режесин ислеп шығыў ҳаққында келисимге ерисилди.
Н.Абдураимова, ӨзА